көшпели ашық суд

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды тәрепинен Нөкис районы «Саманбай» АПЖ имаратының мәжилислер залында, көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.   Ашық суд мәжилисине Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық суды баслығы  А.Сейтанов ҳәм «Саманбай» АПЖ көше бийлери қатнасты.

Бул көшпели судта 2023-жыл 11-июль куни саат 22:36лар шамасында Нөкис районы “Саманбай” АПЖ аймағында пуқара Е.Т. тийисли болған ѳзиниң басқарыўындағы Спарк маркалы автомашинасын, Өзбекстан Республикасы «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 12-бәнтиде көрсетилген транспорт қуралын мәслик ҳалатында басқарғаны ушын Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен 1 жыл 6 ай мүддетке автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқуқынан айырып, базалық есаплаӯ муғдарының 25 есеси, яғный 8.250.000 (сегиз миллион еки жүз елиў мың) сўм муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

2023-жыл 12-июль күни саат  9:00 лер шамасында А.К. тәрепинен Нөкис районы, Ақманғыт ППЖ аймағы Ташкент көшесинде өзиниң басқарыӯындағы пуқара Қ.Ш.қа тийисли болған “Дамас” маркалы автотранспорт қуралын, Өзбекстан Республикасы «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 7-бәнти ҳәм 12-бәнтинде көрсетилген талапларын турпайы түрде бузып, спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында, ҳеш қандай хүжжетсиз басқарғаны ушын Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен 1 жыл 6 ай мүддетке автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқуқынан айырып, базалық есаплаӯ муғдарының 25 есеси, яғный 8.250.000 (сегиз миллион еки жүз елиў мың) сўм муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Сондай-ақ, 2023-жылы 29-июнь күни Нөкис районы “Саманбай” АПЖда жайласқан Боян тамыр мекемеси имаратында ҳуқықбузар Б.А. пуқара С.К.ты урып дене жарақатын жеткизген, ҳуқықбузар Р.Н. пуқара Г.Ж. ҳаққында оны шерменде қылыўшы үйдирмелер тарқатқан. Айыпкерлер өз айыбын толық мойынлап турғанлығын ҳәм келтирилген зыянлардың толық қапланғанлығын, тәреплердиң жарасыўы бойынша жәбирлениўшилерге бирде-бир басым болмағанлығын ҳәмде Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 40-статьясы ҳәм 52-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлық ҲЖҳКниң 212-статьясына муўапық, жарасыўға түсетуғынлығын инабатқа алып, Б.Ав ҳәм Р.Н қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материалын ҲЖҳКниң 212-статьясын қоллап, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етип, исти өндиристен қысқартыўды лазым табылды.

Skip to content