Нөкис районы “Дийхан арна” МПЖда көшпели ашық судта бир пуқараға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды

Бүгин, Нөкис районы “Дийхан арна” МПЖда Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен көшпели суд мәжилис бөлип өтти. Көшпели суд мәжлисине жыйынында Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов басқарып барды. Бул суд мәжилисинде пуқара С.К. 2023-жыл 16-июль күнинен   17-июль күнине өтер түнги саат 00:30лар шамасында Нөкис районы “Дийхан арна” МПЖ аймағынан өтип турған Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автожолы бойында жайласқан бәндиргиде жәмийетлик орнында спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен бузып, аўзына келген уятлы сөзлер менен сөгинип, бәндиргини аяғы менен теўип, шаўқым шығарып, майда бийзарылық ҳәрекетлерин ислеп жүргенинде, ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилип тәртипке шақырылғанында, олардың нызамлы талапларына бойсынбастан қарсылық көрсеткенлиги ушын Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 34-статьясы тийкарында жеңилирек жазаны аўыррағы менен қаплаў жолы  арқалы 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды. сондай-ақ, пуқара Ж.Н. 2023-жыл 17-июль күни саат 22:30 лар шамасында Нөкис районы «Тақыркөл” АПЖ Қалмен аӯылы көшесинде жәмийетлик орында спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында бәлент даўыста ҳәр түрли сөгис гәплерди айтып шаўқым шығарып, пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен майда бийзарылық ҳәрекетлерин ислеп жүргенинде, ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилип тәртипке шақырылғанында, олардың нызамлы талапларына бойсынбастан қарсылық көрсеткенлиги ушын Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң ҲЖҳКниң 183-статьясы менен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 33-статьясын қолланып базалық есаплаў муғдарының 1 есеси яғный 330.000 жәрийма жазасы тайынланды.

Skip to content