Жынайый топар ағзалары А.Б ҳәм С.А, алдыннан тил бириктирип, 2023-жыл 24-январь күнине өтер түнде Нөкис районы аймағында жасаўшы Д.Аның қорасына нызамсыз түрде кирип, қора ишине байлап қойылған базар баҳасы 8.000.000 сум болған саўын сыйырын жасырын рәўиште талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынып, Д.Аға 8.000.000 сум материаллық зыян жеткерген.
Буннан басқа,А.Б жынайый ҳәрекетлерин тәкрарлап, бир өзи 2023-жыл 22-февраль күнине өтер түнде Нөкис қаласында жасаўшы Ж.Гның үйи алдындағы атызына байлап қойған базар баҳасы 8.500.000 сум болған 1 бас танасын жасырын рәўиште талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынып, Ж.Гға 8.500.000 сум материаллық зыян жеткерген.
Буннан басқа, А.Б ҳәмС.Ажынайый ис ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, бир топар болып, алдыннан тил бириктирип, урлық жынаятларын тәкрарлап, 2023-жыл 02-март күнине өтер түнде Нөкис районы аймағында жасаўшы М.Кның үйиниң алдындағы атызына байлап қойған базар баҳасы 7.000.000 сум болған саўын сыйырын хәм базар баҳасы 2.500.000 сум болған баспағын жасырын рәўиште талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынып, М.Кға 9.500.000 сум материаллық зыян жеткерген.
Солай етип, А.Б ҳәм С.А жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислеген.
Бул жынаятшылардыӊ қылмыслары әшкар болып, олар нызам алдында жуўап берди.
Бул жынаят иси жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен суд мәжилисинде көрип шығылды.
Суд ҳүкими менен бул жынаятшылыр Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниӊ 169-статьясы 3-бɵлиминиң “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып қамақ пенен байланыслы еркинен айырыў жазасы тайынланды.
Жынаят ислери бойынша
Нөкис районы судыныӊ баслығы А.Сейтанов