Усы жылдыӊ 2-август күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти

Усы жылдыӊ 2-август күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына Заитов Зияуатдин Имаматдиновичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Сессияда Заитов Зияуатдин Имаматдинович Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өз гезегинде З.Заитов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Мағлыўмат ушын, Заитов Зияуатдин Имаматдинович усы күнге шекем Шымбай районы ишки ислер бөлими баслығы, Нөкис қаласы ишки ислер бөлими баслығы, Қоңырат районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.

 

Skip to content