«Кердер» АПЖ пуқараларына көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди

Нөкис районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәмде ПҲАЖ бөлими хызметкерлери тәрепинен «Кердер» АПЖға барып пуқараларға «θзимиз келдик» жойбары тийкарында 20 дан аслам көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Илаж даўамында ПҲАЖ бөлими тәрепинен Аметова Қаллыхан апаның ақлығының туўылғанлық ҳаққында гүўалығы сол жердиң өзинде тапсырылды ҳәм аймақ турғынларына некеден өтиў тәртиби, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық алыў тәртиплери ҳаққында, Некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў, ерте ҳәм ағайын туўысқанлар ортасында некелердиң унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў, яғный “Шаңарақта медициналық мәдениятты раўажландырыў” бойынша ҳәмде ҳаял-қызлар ҳуқықлары бойынша түсиниклер берип өтилди. Сондай ақ, орай хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер ҳам жаңадан қосылып атырған хызметлер ҳаққында, қалаберди мәмлекетлик хызметлерден орайға барып жүрместен мй.гов.уз бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан пайдаланыў имканиятлары ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды. Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content