Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис екинши сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды.
Биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023 – жыл январь-август айлары даўамында райондағы барлық секторлар жумыслары нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы бас қәнигеси А.Бердиевтиӊ есабаты тыӊланды.
Екинши мәселе Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими тәрепинен 2023-жыл январь-июнь айлары даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы А.Моятдиновтиӊ баянаты тыӊланды.
Үшинши мәселе Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутатларының әдеп-икрамлық қағыйдалары ҳаққында районлық Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық әдеби мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Н.Қдырниязовтыӊ баянаты тыӊланды.
Төртинши мәселе Шөлкемлестириў мәселеси Сессия мәжилисин алып барыўшысы тәрепинен Нөкис районы ҳәкиминиң биринши орынбасары лаўазымынан Р.Бекимбетовты босатыў ҳәм Нөкис районы ҳәкиминиң биринши орынбасары лаўазымына Б.Алимбетовты тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийликлери оқып еситтириледи.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.