Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс алтыншы сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс алтыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

 Сессияныӊ күн тәртибинде сегиз мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы О.Уснатдинов басқарып барды.

Биринши мәселе θзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жылдың 3 айы даўамында исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилигин үйрениў жуўмақлары ҳаққында Нөкис районы Халық Қабыллаўханасы қәнигеси А.Бердиевтыӊ есабаты тыӊланды.

Екинши мәселе Нөкис районында “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў ҳаққында Нөкис районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваныӊ баянаты тыӊланды.

Үшинши мәселе Нөкис районы Медицина бирлеспеси тәрепинен халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер бойынша 2023-жылдың 3 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы Медицина бирлеспеси баслығы П.Ембергенованыӊ есабаты тыӊланды.

Төртинши мәселе 2022-жыл даўамында Нөкис районы мәҳәллелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша алып барылған жумыслары ҳаққында Нөкис районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Т.Аташовтыӊ баянаты тыӊланды.

Бесинши мәселе Нөкис районы бойынша Референдум өткериўши участка комиссиялары ағзаларына талабанлар қурамын 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясына усыныў ҳаққында Нөкис районы ҳәкиминиң жәмийетшилик мәселелери бойынша мәсахатшиси Б.Тилепбаевтыӊ есабаты тыӊланды.

Алтыншы мәселе Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде район ҳәкимлигиниң аўысық жер қорындағы бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында ҳәм жетинши мәселе Нөкис районы аймағындағы фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының жер майданларын мониторинг тәртипте үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы аўыл хожалығы бөлими баслығы орынбасары Р.Хожамуратовтыӊ есабаты тыӊланды.

Сегизинши мәселе райондағы географиялық объектлерге атама бериў ҳәм қайта атама бериў мәселелери ҳаққында депутатларға усынылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content