Баспасөз конференциясы болып өтти

Нөкис районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына бойынша журналист ҳәм блогерлер қатнасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Конференцияны район ҳәкимиӊ биринши орынбасары Р.Бекимбетов алып барды.

Қарарға тийкар Нөкис районында 970 оӊлаўға мүтәж деп табылып, соннан 884 үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў ҳәм 86 жай жаӊадан салыў бойынша “Меҳир тахташасы” қыстырылды. Әлбетте бул шаӊарақлардыӊ ҳал жағдайлары исши топар тәрепинен үйренилиў нәтийжесинде жәрдемге мүтәж деп табылған шаңарақларға Самарқанд ўәлаяты тәрепинен 14,7млрд сўм қаржы есабынан ислеп берилиў режелестирилген.

Skip to content