Гезектеги ашық суд мәжилиси Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды имаратында өткерилди. Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтановтың басшылығында судланыӯшы М.А. қатнасында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 52-статьясы 2-бөлими менен топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды.
Ҳуқықбузыўшы А.М, 2023-жыл 12-март күни қайнатасының жасаӯ жайы болған Нөкис районы «Ақманғыт» ППЖ Ажинияз көшеси номерсиз жайда ҳаялы Г.Ж. ҳәм қайнапасы А.Ж. урып дене жарақатын жеткерген.
Суд, ҳуқықбузыўшы М.А. айыбын түсинип жеткенлигин, қылмысынан пушайманлығын, жәбиркешлер пенен өз-ара жарасқанлығын, бир-бирине даў-жырының жоқлығын, кеширим бергенлигин итибарға алып, оған Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 212-статьясына тийкар жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиўди, жәбирлениўшилерге Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 3132-статьясы 5-бөлимине тийкар жарасыў суд тәрепинен тастыйықланғаннан соң усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў ҳаққында илтимаснама бериў ҳуқықын жойтатуғынлығын түсиндириўди лазым тапты.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов