Алимент төлемеген шахс 15 суткаға қамалды

Перзент тәрбиясы муқаддес парыз болып, бул парызды өтеў ушын ата-ананың мойнына үлкен жуўапкершилик жүкленген. Өзбекстан Республикасы Конституциясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенлиги белгиленген.  Ата-аналар балаларын ержеткенге шекем сақлаўға ҳәм тәрбиялаўға миннетли.

 

Нөкис районлараралық пуқаралық ислери бойынша судыныӊ
2013-жыл 12-февраль күнги суд буйрығы менен қарыздар А.Б. тан өндириўши С.А-ның пайдасына оныӊ тәрбиясындағы жас өспирим еки перзентиниӊ тәмийнаты ушын ҳәр айдағы ис-ҳақы ҳәм басқа дәраматларыныӊ 1/3 (үштен бир) бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленгенлигине қарамастан, А.Б. тәрепинен материаллық жәрдемге мүтәж болған жас ѳспирим перзентлерин материаллық жақтан тәмийинлеўденқастан бас тартып келгенлиги анықланған.

 

Суд, А.Б.қа жаза тайынлаў мәселесин додалап, ислеген ҳуқықбузарлықтың әҳмийетин, ҳуқықбузардың шахсын, оның айыплылық дәрежесин, алдын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмағанын, жумыссызлығын жуўапкершиликти жеңиллестириўши ҳалатлар деп итибарға алып, оған Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң
474-статьясы менен усы статья санкциясы шеңберинде 15 (он бес) сутка ҳәкимшилик қамақ жазасын тайынланды.

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы А.Сейтанов

 

Skip to content