Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қабыллаў кестеси ҳәр ҳәптениӊ жума күни деп белгиленген. Усы қабыллаўда “Ақмаӊғыт” посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны Пиримбетов Хасанбай тәрепинен перзентиниӊ наўқаслығына байланыслы кислород консентраторын алып бериў бойынша мүрәжат еткен еди. Бул пуқараға әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде район ҳәкимлигиниӊ басламасы ҳәм “Рустем” фермер хожалығыныӊ баслығы Бердимуратов Рустем қәўендерлиги менен 4 млн сўмлық кислород консентраторы алып берилди.
Мүрәжат унамлы шешилди




