Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271-санлы қарары тийкарында Азия раўажланыў банкиниң 11,4 млн АҚШ доллар кредит қаржылары есабынан “Нөкис районының ишимлик суўы тǝмийнатын жақсылаў” жойбары шеңберинде 39,1 км үлкен диаметрдеги жеткерип бериўши тармақлар, 127,4 км ишимлик суўы тармақлары хǝмде 4 дана суў объектин реконструкциялаў хǝм жаңадан қурыў, 6610 дана суў өлшегишлерин қурып, үйлерге жалғап бериў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Жойбарды әмелге асырыўшы халықаралық тендер жеңимпазы болған кесип алып ислеўши Әзербайжан мәмлекетиниң “AEIB Azerbaijan RPA” кәрханасы менен шǝртнама дүзилген. Ҳәзирги ўақытта кәрхана тәрепинен техника ҳәм үскенелер объектлерге толық алып келинип, орынларда қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта. Жойбарды 2024-жылдың 4-шерегинде жуўмақлаў белгиленген.
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов Әзербайжан Республикасы “AEIB Azerbaijan RPA” кәрханасыныӊ директоры Р.Искендеровты қабыллады




