Коррупция иллети раўажланыўымызға тосық

Коррупция- бул жәмийеттиң түрли жоллар менен раўажланыўын тоқтатып қоятуғын иллет болып есапланады. Бул иллет демократия ҳәм ҳуқық еркинлиги тийкарларына зыян жеткереди ҳәм инсан ҳуқықлары бузылыўына себеп болады. Соны айрықша атап өтиўимиз керек коррупция иллети үлкен-киши мәмлекетлердиң барлығында ушырасады. Бул зыянлы иллетти жоқ етиў бойынша жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен бир қанша нәтийжели ислер әмелге асырылып атырылған болсада, ҳәзирги ўақытқа шекем ол еледе жоқ етилгени жоқ.

Көпшилик жағдайларда ҳалықтың ҳуқықый аңының пәслиги ямаса түсинбейтуғынлығыда лаўазымлы шахсларға өзиниң жекем әпи жолында нызамлардан пайдаланыўға қолайлы имканият жаратып береди.  Президентимиз өз лаўазымына кирисиўи менен тастыйықлаған биринши ҳүжжети «Коррупцияға қарсы гүресиў туўрысында»ғы нызамы болды. Бул нызамның нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы ислерди өз ўақтында әмелге асырыў мақсетинде Президентимиздиң 2017-жыл 2-февралдағы қарары менен«2017-2018-жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик дәстүри» қабыл етилди.  Дәстүртий карында бир қатар нызам жойбарлары ислеп шығылды. Реформаларды әмелге асырыў тийкарында пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, мәмлекет басқарыўы ҳәм басқарыў органлары искерлигиниң ашықлығын тәмийинлеў жәмийет ҳәм парламент қадағалаўын тәмийинлеў механизмлерин еледе раўажландырыў, соның менен бирге ҳуқықты қорғаў органлары ҳәм суд органлары искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары реформа қылынды. Коррупция сондай иллет есапланады, оны бир яки еки мекемениң ис ҳәрекетлери менен тоқтатып болмайды. Барлық пуқараларымыз, жәмийе тоған қарсы гүрескен ўақытта ғана нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин әлбетте.

Жуўмақлап айтқанымызда бул пәрман жәмийетте әдиллик идеясы, ҳәм мениң нызам алдында теңлиги,пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаўда әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

ҳәкимшилик судысудья аға жәрдемшиси               З.Аяпова

Skip to content