Өзбекстан Республикасында коррупцияға байланыслы нызамшылыққа нәзер

Коррупция – бул жәмийетти түрли жоллар менен тәсир өткеретуғын қорқынышлы иллет. Усы иллет демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян жеткереди, инсан ҳуқықларының бузылыўына, нызам үстинлигиниң изден шығыўына, сондай-ақ базар экономикасы реформаларына тосқынлық етип өмир сыпатын жаманластырып инсанлар қәўипсизлигине қәўип салатуғын унамсыз ақыбетлерди жүзеге келтириўге себеп болады. Ашынарлысы, ҳәр қандай шахста ол әпиўайы пуқара яки лаўазымлы шахс болсын, оларға мәмлекетке ҳәмде нызам үстинлигине қарата исенимниң жоғалыўына ҳәмде жуўапкершиликтиңсөзсизлиги принципиниң кризиске ушыраўына алып келеди. Нәтийжеде лаўазымлы шахслар пара алыў ҳәм лаўазым ўәкилликлеринен қастан пайдаланыўы әдетеги ҳалат сыпатында қабыл етиў, әпиўайы пуқараларда болса «пара берместен мәселени шешиў мүмкин емес» деген психология ҳәм инстинкттиң сәўлелениўине алып келеди.

Журт басшымыз Ш.Мирзиёев президентлик лаўазымына кирисиўиниң дәслепки күнлеринде-ақ, яғный 2017-жыл 03-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамын имзалады.

Усы Нызамға көре, коррупцияға төмендегише сыпат берилди, яғный коррупция – шахстығ лаўазым яки хызмет дәрежесинен шахсый мәплерин ямаса өзге шахстың мәпин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы рәўиште пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қайшы рәўиште усыныў болып есапланады.

Буннан тысқары, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекеттиң сиясатының тийкарғы бағдарлары халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, жәмийетте коррупцияға қарата беккем қатнасықларды сәўлелендириў, мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының барлық тараўларында коррупцияның алдын-алыўға байланыслы ис-иләжларды әмелге асырыў, коппурцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақытнда анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкән бериўши себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды жоқ етиў, коррупцияға байланыслы ҳуқықыбузарлық ислегени ушын жуўапкершиликтиң сөзсизлиги принципин тәмийнлеў екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жеделлестириў бойынша қосымша ис-иләжлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 29-июнь күнги ПФ-6013-санлы Пәрманының қабыл етилиўи мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында үлкен бурылыс жасады. Себеби, бул Пәрманда Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилиўи белгиленди. Оған көре, агентлик коррупцияның алдын-алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты сәўлелендириў ҳәм әмелге асырыў, мәмлекет органлары, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа мәмлекелик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели искерлигин тәмийнлеў, сондай-ақ, усы тараўдағы халық аралық ғамхорлық ушын жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекет органы есапланып, өз искерлигин нызамлылық, қалыслық, есаплылық, ашықлық ҳәм айдынлық принциплери тийкарында басқа мәмлекет органлары, мекемелери ҳәм олардың лаўазымлы шахсларынан ғәрезсиз рәўиште әмелге асырады. Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынады ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси палаталары алдында есап береди.

Пәрманға көре, агентликтиң ўазыйпалары ҳәм жөнелислери сыпатында, мәмлекетте коррупция жағдайы системалы анализ етилиўин тәмийнлеў, сонлай-ақ, коррупцияға байланыслы қәўип қәтер жоқары болған тараўлар ҳәмде коррупцияға байланылы ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң себеп ҳәм шәрт-шараятларын анықлаў, коррупцияның алдын-алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатын, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықтың системалы себеп ҳәм шәрт-шараятларын жоқ етиў, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардығ проектлерин коррупцияға қарсы экспертизасы нәтийжелилигин тәмийнлеў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықты жеделлестириў, халық аралық стандартларды ҳәм алдыңғы сырт ел әмелиятын ендириў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыў, мәмлекет хызметшилериниң дәрамат ҳәм мал-мүлкин декларация етиў системасын киритиўи ҳәм нәтийжели искерликти әмелге асырыўды ҳәмде декларациялардың ҳаққаныйлығы тексерилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ усы бағдарда анықланған коррупция жағдайларын өз ўақтында тәсир шараларын көрилиўин тәмийнлеў, мәмлекет хызметине ҳадаллық стандарты «ҳадаллық вакцинасы») ҳәм мәплер соқлығысыўын шешиў стандартларын енгизиўге көмеклесиў бойынша тәсиршең шараларды көриўге уқсаған бир қанша зәрүр жөнелислер белгиленди.

Жуўмақ орнында айтыў зәрүр, коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана коррупцияға қарсы гүресиў органлары, бәлким ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болып есапданады. Сонда ғана биз мәмлекетимизди коррупциядан жырақ аймаққа айландырыўға, нызамлы, демократик мәмлекетке айланыўына ҳәм халықтың жақсы турмыс шәраятларында жасаўына ерисемиз.

 

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик суды судьясы                                                        Г.Байназарова.

Skip to content