КОРРУПЦИЯ МӘМЛЕКЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ТОСЫҚ ЕҢ ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТ

Коррупция бул-мәмлекет раўажланыўына тосық болатуғын ең қәўипли иллет. Бул иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң
сиясий-экономикалық раўажланыўына кери тәсир көрсетиў менен бирге, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кемситилиўине алып келеди. Сонлықтанда, оған қарсы гүресиў халық аралық әҳмийетке ийе болып, пүткил жәҳән сиясатының тийкарғы баслы мәселелери қатарынан орын алған.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў жәнеде кең түс алған. Өзбекстан 2008-жыл 7-июльдағы Нызам менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы конвенциясына, 2010 жылда Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми Коррупцияға қарсы гүресиў тармағының Истанбул ҳәрекетлер бағдарламасының ағзасына айланды.

Елимиз басшысы Ш.Мирзиёев еле Өзбекстан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы болып турған ўақытында-ақ, коррупцияға қарсы гүресиўди мәмлекет сиясатының әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп берди. Тиккелей оның басламасы менен 2016-жыл
14-октябрьде “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбары додалаўға киргизилди. Буннан соң,
2017-жылдың 3-январь күни “Корруцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилип, коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылды. Соның менен бирге, БМШның Коррупцияға қарсы конвенциясының 5-статьясында көрсетилген талаплар орынланды.

Усылай, коррупцияға қарсы гүресиў искерлигиниң барлық тийисли халық аралық стандартларын өз ишине алған, заман талапларына жуўап беретуғын, дүнья аналогларынан қалыспайтуғын дәрежедеги нызамның тийкары жаратылды.

Нызамның нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў мақсетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды, сондай-ақ, арнаўлы орган-Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди.

Коррупция-шахстың өз лаўазым ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплерин, яки болмаса өзге шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы, жүне усындай мақсетти нызамға қайшы түрде усыныў болып табылады. Жоқарыда атап өтилген, “Корруцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамның 3-статьясында да усындай тийкарғы түсиниклер берилген. Сондай-ақ, бул Нызам өз нәўбетинде пуқараларға да коррупция ҳәм коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықтың не екенлиги, оның кери ақыбетлери ҳаққында мағлыўмат береди.

Нызамның 5-статьясында болса коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары көрсетилген болып, олар:

-халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға қатаң мүнәсибетти қәлиплестириў;

-мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў;

-коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға тыйым салыў, олардың ақыбетлерин, коррупцияға имканият жарататуғын себеп ҳәм шәраятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз қатаңлығы (муқаррарлиги) принципин тәмийинлеўден ибарат.

Мине усы 3 үлкен бағдар бойынша мәмлекет сиясатын әмелге асырыў мәмлекет, жәмийет ҳәм барлық байланыслы (дахлдор) субъектлерден үлкен жумысларды әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетеди. Себеби, қабыл етилген нызам қаншелли жақсы ҳәм қурамалы болмасын, егер оның орынланыўына жуўапкер шахслар қамтып алынбаса ҳәм оған амел етилиўин тәмийинлемесе, нызам қағыйдалары қағазда қалып кете береди.

Президентимиздиң 2020-жыл 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасында “Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың барлық қатламлары, ең жақсы қәнигелер қамтып алынбас екен, жәмийетимиздиң барлық ағзалары, анығырақ айтқанда, “ҳадаллық вакцинасы” менен емленбес екен, өз алдымызға қойған бийик шыңларға ерисе алмаймыз. Биз коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден оның ерте алдын алыўға өтиўимиз керек” деген сөзлери менен коррупцияның қәўиплилик дәрежеси ҳәмоған қарсы гүресиўде бирлесиўимиз зәрүрлигин айтты.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жасалма монополия, жабық схемалар. Улыўма коррупцияға имканият беретуғын барлық бослықларды сапластырыў кереклиги де атап өтилди. Себеби, бул иллетлер жәмийетте әдалатсызлық, теңсизлик ҳәм халықтың наразылығына себеп болады. Бул өз гезегинде, реформалардың да нәтийжесине кери тәсирин тийгизеди.

Улыўма алғанда,  пуқараларымызда бул иллетке қарсы гүресиўде ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденияттың жеткиликли болмағанлығы жәмийетте әдиллик өлшемлериниң бузылыўын көбейтеди. Сондай-ақ, “Жәмийетте парахорлық иллетин жеңип болмайды, парасыз исиң питпейди”, деген пикирдиң жаслар санасына сиңип қалғаны да үлкен кемшилигимиз. Бул бағдарда алға илгерилеў болмаса, бул иллет изимизден саядай ерип жүребереди. Биз, шаңарақ, бақша, мектепде де ул-кызларымызға дәмегөйлик, парахорлық жаман иллет болып қалмастан, ал ол жәмийеттиң кемириўшиси екенлигин түрли тәрбиялықҳәм үгит-нәсият жумыслары менен алып бармасақ, мақсетке ерисиў жүдә қыйын болады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинде де жуўапкершилик белгиленген болып, төмендегилер жәмийетлик қәўипли қылмыслар коррупцияген жынаятлар есапланады.

Мысалы:

-өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў;

-жынаыйый жол менен табылған мүлкти алыў яки өзлестириў;

– бюджет интизамын бузыў, ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў;

– ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллиги шеңберинен шетке шығыў, ҳәкимият  ҳарекетсизлиги;

-пара алыў, пара бериў, пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў;

-хызметкерди пара есесине өзине аўдырып алыў;

-таўламашылық жолы менен ҳақы бериўди талап етиў;

-қыйнаў ҳам басқа жаўыз, ғайры инсаный ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнасық ҳәм жаза түрлерин қолланыў;

– тергеў ҳәм суд ислерин шешиўге арасыў;

-жалған көрсетпе бериў;

– жынайый искерликтен алынған дәраматларды легалластырыў;

– ҳәкимияттан пайдаланыў, ҳәкимият ўәкиллигинен тысқарыға шығыў яки ҳәкимият ҳәрекетсизлиги ҳәм тағы басқалар.

Соны да айтып өтиў керек, көпшилик жағдайларда мәмлекет әмелдарларығана емес, ал мәмлекетлик мәкемелерде ислемейтуғын әпиўайы пуқараларда коррупцияға байланыслы мүнәсибетлердиң қатнасыўшылары болыўы, пара пул емес, ал басқа да затлар есесине белгили бир хызметти әмелге асырыўлары мүмкин. Этимологиялық жақтанда, “коррупция” атамасы “бузыў, пара есесине аўдырып алыў” деген мәнисти аңлатады.

Егер, коррупция менен байланыслы жынаятлы ислерди анализ ететуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2023-жылдың 1-ярымы даўамында коррупция менен байланыслы жәми 234 (100) шахсқа қарата 120
(74 жынаят иси (ЖКниң 167, 168, 1929-19211, 205-206, 209-214, 243-статьялары) көрип тамамланған. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 134 шахсқа яки 57,2 пайызға, ислер саны 46 иске яки 38,3 пайызға көбейген.

Жуўмақластырып айтқанда, келешекти коррупциясыз биргеликте қурыўымыз шәрт ҳәм зәрүр. Буның уын болса, биринши нәўбетте өзимизди өзимиз тәрбиялаўымыз, коррупцияның ҳәр қандай көринисин сапластырыў ушын биргеликте гүресиўимиз зәрүр. Ал коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилип атырған Нызам ҳәм басқа да норматив ҳуқықый ҳүжжетлер-мәмлекет ҳәм жамийет раўажланыўына кери тәсир ететуғын бул иллетке қарсы гүресиўдиң беккем ҳуқықый механизми сыпатында хызмет етеди.

 

 

Алишер Аметов,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

 

 

 

 

 

Skip to content