Кейинги жылларда республикада пуқаралардыӊ ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын реформалаў бойынша кеӊ көлемли ислер əмелге асырылды. Ҳуқықбузарлықлардыӊ профилактикасы ҳəм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ адам саўдасына қарсы гүресиў ҳəм мəжбүрий мийнетти тамыры менен жоқ қылыў бойынша комплекс шаралар əмелге асырылмақта.
2008-жылы 17-апрелде “ Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында” ғы Нызам қабыл етилди, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика мекемелерара коммиссиясы шөлкемлестирилип, адам саўдасына қарсы гүресиў, адам саўдасынан жəбирленгенлерди қорғаў барысында бир қатар ислер əмелге асырылды. 2019 жыл 30 июлда Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Адам саўдасына ҳəм мəжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жəнеде жетилистириўге тийисли қосымша шара-тадбирлер хəққында” ғы пəрмани қабыл етилди. Пəрман менен адам саудасына карсы гуресиў бойынша республика мекемелерара комиссиясы адам саудасына ҳəм мəжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилип, оныӊ тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Усы пəрман адам саудасы қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳəм социаллық реабилитация қылыў, сондай жынаят қурбанына айланған пуқараларға медициналық, психологик ҳəм басқа жəрдем көрсетиў, адам саўдасына байланыслы шахсларды тергеў ҳəм жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ бундай жынаятларды ислеўге имкан берип атырған жағдайларды жоқ қылыў барысындағы ислерди жаӊа басқышқа алып шығады.
Ўзбекистон Республикасида 2019-2020 жылларда балалар саўдасы менен байланыслы жынаятларда 49 ота-она ва 38 даллаллар айыпланып, жынайый жуўапкершиликке тартылған. Ўзбекистон Республикасында кейинги 3 жыл даўамында бала саудасы менен байланыслы 185 ҳалат аниқланған.
Мағлыўматларға көре бала саўдасына төмендеги факторлар себеп болмақта:
-баланыӊ анасы социаллық қорғалмағанлығы ҳəм материаллық мүтəжликлери тəмийинленгенлиги;
-турмысқа шықпаған хаяллардыӊ ҳəмиледар болып қалыўы ҳəмде баланы шаӊарағынан жасырыўға урыныўы;
-перзент көрмеген шаӊрақлар тəрепинен бала асырап алыўға мүтəжлигиниӊ барлығы. Өзбекстан Республикасында перзент асырап алыўдыӊ қыйынлығы ҳəм бул процессте қағазбазлықлар бала саўдасы жынаятлары саныныӊ асыўына себеп болмақта.
Сол менен бирге шипакерлер ҳəм медицина хызметкерлери бала саўдасында тийкарғы даллал болып киятырганлығы, усы қылмыслардыӊ аўыр ақыбетлери Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 135-статьясында көрсетилген.
Бала саўдасы менен байланыслы жынаятлардыӊ көпшилиги ҳаял-қызлар тəрепинен исленип атырғанлығы жүдə аянышлы ҳалат. Усы жынаятларға қол урған ҳаял-қызлардыӊ социаллық келип шығыўы үйренилгенде, олардыӊ көпшилиги бүгин аўыр турмыс шараятында ҳəм материаллық тəрептен қыйыншылықта жасап атырғанлығы, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳəм психологик жəрдемге мүтəж екенлиги анықланған.
Адам саудасына қарсы гүресиўди күшейтирип, халықтыӊ барлық қатламларын жəлип етиў, ҳаял-қызлар ҳəм жаслардыӊ санасына туўры көз-қарасларды сиӊдириў, балалар ҳам жас өсипиримлерге жынаятшыларға алданып қалмаўын түсиндириўимиз лазым.
Усы мақсетте, үгит-нəсияттыӊ еӊ тəсиршеӊ қуралы болған орайлық ҳəм жергиликли ғалаба хабар қураллары, кеӊ жəмийетшилик, тийкарынан, мəҳелле, оқыў орынлары, мəмлекетлик ҳəм коммерциялық емес шөлкемлер, жаслар шөлкемлери имканиятларынан кеӊ пайдаланыў, усы мақсет жолында жəмийетимиздеги барлық күш ҳəм Өзбекстан Республикасында имканиятларды муўапықластырыў лазым.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығыА.Сейтанов