«Коррупция– ең жаманиллет»

Нызам бузыўшылық ҳәм коррупцияның алдын алыў ҳәмде оған қарсы гүресиў ҳәм«Нызам ҳәм әдиллик– жоқары, жынаят жазасыз қалмайды», «Коррупция– ең жаман иллет» деген уранды алға қойған ҳалда Нөкис районы жынаят ислери суды баслығы А.Сейтанов ҳәмде ҳуқуқ қорғаў органлари, Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери, Нөкис районы 31-санлы мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасында бөлим жеке қурамы менен ҳуқуқ қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасында, ҳәр ай семинар, сәўбетлесиў ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестириў жолға қойылған. Өткерилип атырған иләжлар даўамында бөлим хызметкерлерине пуқаралар менен әлпайым болыўға, дәмегөйлик ҳәм парахорлыққа жол қоймаў керекли, коррупция бул ең жаман иллет, коррупцияның ҳәр қандай көринислерине айяўсыз гүрес алып барыў ҳәр бир пуқараның улыўма адамзатлық ўазыйпасы екенлиги ҳаққында кеңнен тусиндириў жумысларын алып барыў түсиндирилип өтилди. Бүгинги күнде коррупцияның алдын алыўға қаратылған ис-иләжлар, яғный Өзбекстан Республикасы нызамы, Президент парманы ҳәм қарарлары ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң коррупцияның алдын алыўға қаратылған буйрықлары жеке қурам менен кеңнен үйренилип, ҳуқуқбузарлықлардың алды алынып, Нызам үстинлигин тәмийинленип барылмақта. Мәмлекетлик шөлкемлер хызметкерлери, әскерий хызметшилер коррупцияға қарсы гүресиўде нызамшылық, пуқаралар ҳуқуқлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлылық ҳәм айдынлық, мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийеттиң бирге ислесиўи, коррупцияға қарсы гүресиў ис-иләжларының үстинлиги, жынаят жазасыз қалмаслығы бойынша принциплерин тереңнен түсиниў, усы принцип тийкарында жумыс алып барыў кереклиги, жәмийетимиздиң раўажланыўы ҳәмде пуқаралардың еркин ҳәм парахат турмыс кешириўи ушын коррупцияны тамыры менен жоқ қылыў ҳәр бир пуқараның инсаныйлық ўазыйпасы.Биз коррупция деген иллетти жоқ қылсақ ғана, күшли пуқаралық жәмийетти қурып, пуқаралардың еркин ҳәм парахат турмыс кешириўин тәмийинлеген боламыз.

Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлимибаслдығы подполковник Алишер Бекмуратов      

Skip to content