Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис алтыншы сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис алтыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары М.Қойшыбаев басқарып барды. Биринши мәселе Нөкис районы сектор басшыларының аймақларда алып барылып атырған жумыслары ҳаққында сектор басшыларыныӊ есабаты тыӊланды. Екинши мәселе Нөкис районы 22-санлы Тарлы сайлаў округи комиссия қурамын тастыйықлаў ҳаққында  Нөкис районы сайлаў комиссиясы баслығы Ж.Бердановтыӊ баянаты тыӊланды. Үшинши мәселе Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң айырым шешимлерине өзгерис ҳәм қосымша киритиў ҳаққында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң Регламент ҳәм депутатлык әдеби мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Н.Қдрниязовтыӊ баянаты тыӊланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content