Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 1-декабрь «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги» берилгенине 34жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Байрам кешесинде район ҳәкими З.Зайтов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәм басқалар сөзге шыққанлар, байрам илажине қатнасыўшыларды тарийхый сәне менен қызғын қутлықлады.
Бүгинги раўажланыўымыздың жаңа басқышы – миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў, қарақалпақ тилиниң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Сондай-ақ, байрам кешеси даўамында жәмийетлик илажларда белсене қатнасып киятырған муғаллимлер ҳәм устазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған мақтаў жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Байрам кешеси мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы менен даўам етти.