район ҳәкими З.Зайтов мектеплердеги математика ҳәм физика пәни муғалимлери менен ушырасты

Бүгин, Нөкис районы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район ҳәкими З.Зайтов мектеплердеги математика ҳәм физика пәни муғалимлери менен ушырасты.

Ҳүрметли Президентимиздиӊ Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатнамасында, 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў» жылы деп белгилеўди усыныс еткенлигин, Сондай-ақ, “Билимлендириў сапасын асырыў – Жаӊа Өзбекстан раўажланыўыныӊ бирден-бир туўры жолы”, деп көрсетип өткенин айтып өткен еди.

Район ҳәкими З.Зайтов бул бағдарда оқытыўшыныӊ жәмийеттеги абыройын асырыў, келешегимиз болған жас әўладқа сапалы билим бериў, жаӊа әўлад сабақлықларын жаратыў, оқыўшы жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў мәкемелериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў-тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп бергенин айтты.

Буннан соң семинар қатнасыўшылары топарларға бөлинип семинар тренерлери тәрепинен таярланған материяллар менен танысты ҳәм өз-ара тәжрийбе алмасты.

Skip to content