Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис тоғызыншы сессиясы болып өтти

Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ  мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды. Биринши мәселе Самарқанд ўәлаяты тәрепинен Нөкис районын ҳәр тәрепилеме раўажландырыў бойынша 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларының есабаты ҳәм 2024-жылға белгиленген режелер ҳаққында Самарқанд ўәлаяты ҳәкими орынбасары А.Ҳамраевтыӊ есабаты тыӊланды. Екинши Нөкис районы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларының есабаты ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы  Қ.Гулмановтыӊ баянаты тыӊланды. Үшинши мәселе Нөкис районының 2024-жыл бюджет жойбары ҳаққында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы М.Қойшыбаев баянат берди. Төртинши мәселе Нөкис районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларының есабаты ҳаққында Нөкис районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаеваныӊ есабаты тыңланды. Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Skip to content