22-санлы орта билим бериў мектебиниӊ қосымша имараты салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти

Нөкис районы «Дийқан арна» МПЖ аймағында жайласқан 22-санлы орта билим бериў мектебиниӊ қосымша имараты салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти

Ашылыў салтанатына район ҳәкими З.Зайтов, нураный Ж.Қайпов ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар жақынласып киятырған Жаӊа жыл байрамы менен ҳәм жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылып атырғанлығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Бул имарат Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-465-санлы Қарары тийкарында Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 3 млрд. 786 млн сум қаржы есабынан қосымша имарат қурылды.

Имараттың қурылыўы аймақтағы оқыўшылар, олардың ата-аналары ушын өзине тән саўға болды. Өйткени 22-санлы мектеп алдын 120 орынға мөлшерленген болып, оқыўшыларды қамтып алыўда бир қанша машқала туўдырып келген еди.

Жаңа имарат пенен мектеп бир ўақыттың өзинде 440 баланы қамтып алыў имканиятына ийе болды ҳәм оқыўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.

 

 

Skip to content