Ең дәслеп, Сиз әзизлерди, район халқын үлкемизге кирип келген 2024-Жаӊа жыл байрамы менен шын жүректен қутлықлайман! Хақыйқатында да, 2023-жылды жақсы ўақыялар менен еске алар екенбиз, «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» районымыз халқы ушын оғада табыслы жыл болып келгенин, оның арқасында барлық тараўдағы ўәкиллеримиздиң үлкен мийнетлери жәмлескенин мақтаныш пенен айта аламыз. Әсиресе, бүгин бар күш-жигер ҳәм имканиятларымыз елимиздиң раўажланыўы жолында жумсалып, бул өз гезегинде әмелге асырылып атырған изшил реформалар ҳәм ақылана сиясат нәтийжеси – халкымыздың турмыс дәрежесин жаңа басқышқа көтериў, халықты социаллық қорғаў, нураныйларымызды қәдирлеў, ең тийкарғы байлығымыз, тынышлық-татыўлық, ғәрезсизлигимизди асырап-абайлаў, азат ҳәм абад мәмлекет қурыў жолындағы барлық тараўларда өз көринисин таўып келмекте. Соны мақтаныш пенен айтып өтиў керек, үлкен жетискенликлерге ерисилген 2023 жылда, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм елимиз абаданлығы жолында үлкен әхмийетке ийе кең көлемли жумыслар алып барылды. Халкымыздың турмыс дәрежеси жақсыланып бармақта. Районымызда усы жылда көплеп социаллық тарау объектлериниң бой көтериўи, өндиристиң жеделлик пенен раўажланыўы, исбилерменлеримиздиң қатары көбейиўи бул созимиздиң айкын мысалы. Жыл даўамында исбилерменликтиң қоллап-куўатланыўы, түрли тараўларға инвестициялық бағдарламалардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде районымызда сезилерли инвестициялық орталық жаратылмакта. Жаңа жылда да бул жумысларды биргеликте даўам еттирген ҳалда, әмелге асырып атырған жумысларымыздан келешек әўлад мақтаныш ететуғындай табысларымыз болатуғынына исеним билдиремен. Әзиз дослар! Бүгинги пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте ҳәммеңизди кирип келген Жаңа 2024-жыл байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы жолындағы ислериңизди табыслар тилеймен. Жаңа жыл шаңарағыңызға қуўаныш, бахыт, берекет ҳәм ырысқы-несийбе алып келе берсин. Ҳүрмет пенен, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтыӊ Жаңа Жыл байрамы мүнәсибети менен район халқына байрам қутлықлаўы!




