Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы 886-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023-жыл 26-декабрьдеги “Қарақалпақстан Республикасының 2024-жылғы мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳаққында”ғы 360/XLVII-санлы қарарына муўапық, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң 2023-жыл 29-декабрь күнги сессиясыныӊ VI-79-212-13-188-K/23-санлы шешими менен, Нөкис районы жергиликли бюджетиниң 2024-жыл ушын дәраматлары 22 млрд. 595,5 млн.сўм, қәрежетлери 112 млрд. 509 млн. 360 мың сўм, соннан, жоқары турыўшы бюджеттен ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт 89 млрд. 913 млн. 860 мың сўм муғдарында белгиленди.
2024-жыл ушын жергиликли бюджет дәраматларын салық түрлери бойынша атап өтетуғын болсақ:
– айланбадан алынатуғын салық 2 млрд. 688,0 млн.сўм;
– исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша дәрамат салығынан (патент)
320,0 млн. сўм;
– юридикалық шахслардың мал-мүлк салығынан 1 млрд. 404,0 млн.сўм;
– физикалық шахслардың мал-мүлк салығынан 2 млрд. 543,0 млн.сўм;
– юридикалық шахслардың жер салығынан 6 млрд. 050,0 млн.сўм;
– физикалық шахслардан алынатуғын жер салығынан 5 млрд. 504,0 млн.сўм;
– жер асты байлықларынан пайдаланлығы ушын салығынан 140,0 млн.сўм;
– суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салығынан 3 млрд. 635,0 млн.сўм;
– мәмлекетлик үлеси болған кәрханаларды меншиклестириў түсиминен
311,5 млн.сўм.
2024-жыл ушын жергиликли бюджети қәрежетлери жами: 112 млрд. 509,360 млн.сўм муғдарында прогноз қылынбақта. Тараўлар ҳәм мекемелер бойынша атап өтетуғын болсақ:
- Социаллық тараў ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў тараўы қәрежетлерине 70 млрд. 839,5 млн.сўм.
Соннан:
– районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине 7 млрд. 679,7 млн.сўм;
– районлық Халық билимлендириў бөлимине 15 млрд. 554,7 млн.сўм;
– районлық Ден-саўлықты сақлаў мәкемелерине 42 млрд. 281,6 млн.сўм;
– районлық Мәденият бөлимине 1 млрд. 907,3 млн.сўм;
– районлық Спорт мектебине 3 млрд. 341,2 млн.сўм;
– Социаллық напақалар ҳәм компенсация төлемлери қәрежетлерине 4,0 млн.сўм;
– социаллық бейимлейстириў орайына 71,0 млн.сўм.
- Экономика тараўы қәрежетлерине 19 млрд. 937,6 млн.сўм.
Соннан:
– ишки хожалық автомобиль жолларын оңлаў қарежетлерине 4,0 млрд.сўм;
– районлық Абаданластырыў басқармасына 11 млрд. 434,6 млн.сўм;
– районлық Ирригиация бөлимине 2 млрд. 344,3 млн.сўм;
– районлық Фермерлер хожалықларының бухгалтерия есабаты ҳәм есабын жүритиў орайы қәрежетлерине 511,9 млн.сўм;
– райондағы Ветеринария комитети мекемелрине 853,7 млн.сўм;
– “ Жергиликли бюджети” қоры кәрежетлерине 793,2 млн.сўм;
- Мәмлекетлик басқарыў уйымларына 14 млрд. 677,6 млн.сўм.
- Район ҳәкимлигиниң сақлаўлы қорына 1 млрд. 054,5 млн.сўм.
- Пуқаралардың белсенди қоры қәрежетлерине 6 млрд.сўм муғдарында қәрежетлер прогноз қылынбақта.
Нөкис районы Экономика ҳәм финанс бөлими




