Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық тараўындағы реформалар

Соңғы жылларда мәмлекетимизде инсан қәдири уллыланып, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийетте әдалатлы қарар таптырыў мақсетинде әдил судлаў сыпатын ҳәм нәтийжелилигин асырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январдағы «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейтиў  ҳәм судлар искерлиги нәтийжелилигин асырыўға қаратылған қосымша ис-режелер ҳаққында»ғы пәрманында суд қарарлары нызамлы, тийкарлы ҳәм әдил қабыл қылынғанлығын тексериўдиң пуқараларға қолайлы хәмде әпиўайыластырылған тәртибин жаратыў белгиленген еди. Оған көре, Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине қосымша хәм өзгерислер киритиў ҳаққында нызамы қабыл етилди. Усы Нызамға тийкар суд қарарларының нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын тексериў механизмлери жәнеде жеделлестирилип, суд қарарларын кайта көриўдиң жаңа тәртиби енгизилди.  Оған көре,  2024-жыл 1 январдан баслап районларарлық судлар тәрепинен биринши инстанция судында көрилген ислерди ўалаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде, ўалаят хәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция  яки кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда ревизия тәртибинде көрип шығыў әмелияты енгизилди. Сондай-ақ ўалаят хәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислерди Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында, өз нәўбетинде судлаў коллегиясы тәрепинен көрилген ислерди Президиумында ревизия тәртибинде көрип шығыў, апелляция, кассация инстанциясы судлар тәрепинен исти жаңадан көриў ушын биринши инстанция судларға жибериў тәртибин бийкар етиў ҳәм олар тәрепинен ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл қылыў, сондай-ақ жерге байланыслы ислерди көриўде  прокурор қатнасыўы шәртлилиги белгиленди. Нызам менен суд қарарлары үстинен кассация  ҳәм ревизия тәртибинде шағым қылыў мүддетлери де өзгертирилди. Атап айтқанда, кассация шағым (протести) биринши инстанция судының ҳал қылыў қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап 6 ай ишинде, ревизия тәртибиндеги шағым(протест) болса, биринши инстанция судының ҳал қылыў қарары, уйғарыўы, нызамлы күшине кирген күннен баслап бир жыл ишинде берилетуғын болды.  Жуўмақлап айтқанда усы нызам пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Конституциясында нәзерде тутылған суд арқалы қорғаў ҳәм судқа шағым етиў ҳуқықы кепилликлерин жәнеде асырыўға олардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ нызамлы мәплерин кеңирек қорғаўға әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Ҳәкимшилик судының

судья аға жәрдемшиси:                                                   З.Аяпова

Skip to content