Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Байрамда район ҳәкими З.Зайтов ҳәм басқалар сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин, мәмлекетимиз шегараларын қол қатылмаслығын тәмийинлеў, соныӊ менен бирге тактикалық ҳәм де стратегиялық ўазыйпаларын нәтийжели шешиўге ылайық болған, заманагөй, ҳәр тәреплеме жақсы қуралланған миллий армияны және де жетилистириў бойынша салмақлы жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, 71181-санлы әскерий бөлими, районлық Прокуратурасы, Ишки ислер бөлими, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм районлық қорғаниў ислери бөлимлерине район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалари тапсырылды. Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкерлери ҳәм районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти




