Нокис районы аймағында жайласқан 71181-санлы әскерий бөлиминде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Бүгин, Нокис районы аймағында жайласқан 71181-санлы әскерий бөлиминде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Оған район ҳәкими З.Зайтов ҳәм сектор басшылары қатнасты. Онда район ҳәкими сөзге шығып, офицер, сержант ҳәм әскерлерди, олардыӊ шаӊарақ ағзаларын бүгинги байрам менен қутлықлады.

Байрам мүнәсибети менен район ҳәкимлиги ҳәм әскерий бөлим тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлық ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Буннан соң районлық мәденият бөлими тәрепинен әскерий шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Skip to content