“Ашық есиклер” күни

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалына “Ашық есиклер” күни мүнәсебети менен Нөкис районы 4-санлы мектептиң 9-11-класс оқыўшылары филиал бойлап саяхатта болды.

Мектеп питкериўшилерин филиал Баспасөз хизмети баслығы жыллы жүзлик пенен күтип алды ҳәм филиалдың оқыў имәратлары, оқыў процесси, студентлер ушын жаратылған шәраятлар, қосымша пән ҳәм спорт дөгереклери менен жақыннан таныстырды.

Филиалдағы жаратылған бәрше шәраятлар мектеп оқыўшыларын қуўантырды ҳәм олар усы дәргайда оқыў ушын ҳәрекет етип, келеси жыл усы оқыў орнында студент болыў нийетин билдирди.

Skip to content