Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны имәратында аймақ турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерилди. Оған жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы М.Адилова, Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиевалар қатнасты. Қабыллаўда пуқаралар ɵзлериниң қыйнап жүрген мǝселелерин билдирди ҳǝм оларға тийисли тǝртипте ҳуқықый түсиниклер берилди.
Нөкис районында пуқаралар ушын кɵшпели қабыллаў ɵткерилди
