Пуқаралар жыйынларына ажыратылған 500 млн.сўм қаржылар есабынан Нөкис районы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны Саманбай аўылындағы электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде жаӊадан бетон бағаналары орнатылып, СИП кабеллери тартылды. Нәтийжеде 60 хожалықтыӊ электр энергиясына болған талаплары қанаатландырылды. Сондай-ақ, усы аймақтағы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша 4 дана заманагөй видеобақлаў камералары, түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылған болса, Нөкис ҳәм Көксуў аўылларында газ трубаларын алмастырыў жумыслары алып барылмақта.
Пуқаралар жыйынларына ажыратылған 500 млн.сўм ҳаққында
