Бүгин, 2024-жыл 9-февраль күни Нөкис районы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Н.Айтмуратовтың үй алды қыйтақ жеринде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл 1-февраль күнги 62-санлы «Халыққа дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын ижара ҳуқықы тийкарында жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында көргизбели оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Респубилкасы Министрлер Кеӊеси Баслығы Ф.Эрманов, район ҳәкими З.Зайтов ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Семинарда дара дийқан хожалықлары қыйтақ жерлеринде «Бир аймақ – бир өним» ҳәм кооперация принциплери тийкарында пайдалы және экспорт ушын зәрүр болған егинлерди егиў, кепилликли сатып алыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў, ҳәр бир мәҳәлледе бир өнимнен жетистирип шығарыў бойынша жуўапкер хызметкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағында дийқан хожалықлары ушын көргизбели семинар болып өтти




