Адам саўдасына қарсы гүрес

Өзбекстан Республикасыныӊ 2008-жылы 17-апрелде “Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында” ғы Нызамы қабыл етилди, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика мекемелерара комиссиясы шөлкемлестирилип, адам саўдасына қарсы гүресиў, адам саўдасынан жəбирленгенлерди қорғаў барысында бир қатар ислер əмелге асырылды. 2019- жыл 30- июлда Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Адам саўдасына ҳəм мəжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жəнеде жетилистириўге тийисли қосымша шара-тадбирлер ҳаққында” ғы Пəрмани қабыл етилди. Пəрман менен адам саўдасына қарсы гүресиў  бойынша республика мекемелерара комиссиясы адам саўдасына ҳəм мəжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилип, оныӊ тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 135-статьясы менен адам саўдасы жынаяты ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Адам саўдасы жынаятының объекти жәбирленген шахслардың еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты болып есапланады.

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судында бир қатар жаслар менен Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм ылайық мийнет мәселери ҳаққында ушрасыў өткерилди. Бул ушрасыўда студент жаслар тәрепинен адам саўдасы жынаятыныӊ келип шығыў себеп ҳәм ақыбетлери, жынаяттыӊ алдын алыў бойынша өткерилип атырған кеӊ көлемли үгит-нәсият жумыслары ҳәм ҳуқуқый мәденияттын асырыў бойынша тийисли илажлар ҳаққында сораў-жуўаплар болып отти.

 

 

Жынаят ислери бойынша

Нөкис районы суды баслығы                                   Сейтанов Азат Исмайлович

 

 

 

Skip to content