Инсан қадири ҳәм мәпи ушын

2023-жыл 19-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң 78-сессиясы болып өтти. Усы сессияда Президентимиз Ш.Мирзиёев сойледи.

Мәмлекет басшысы өз сөзинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең реформалар, атап айтқанда Конституциялық реформалар, ондағы инсан мәпи, инсан қадрин қадрлеў бойынша киргизилген нормалар, усы нормаларды киргизиўге шекем болған қыйыншылықлар ҳәм бул нормалардың киргизилиўинин әҳемийетин түсиндирип  өтти.

Президентимиз тийкарғы мақсетимиз мәмлекетлеримиз ҳәм ҳалқларымыздың бүгинги күни ҳәм келешекеги ушын жуўапкерликти ҳәр тәреплеме ҳәм терең сезинген ҳалда, ашық конструктив бирге ислесиўге таяр барлық қатнасыўшылар глобал қатнасықларға шақырылыўы тийислилигин ҳәм аймақлардағы глобал мәселелер бойынша өз басламаларын атап өтти.

– Биз ҳуқықый, дуньялық (дунёвий), демократиялық ҳәм социаллық мәмлекет болған Жаңа Өзбекстанды пайда етиў сиясатин қатаң даўам еттирип атырмыз, мәмлекетимиз «Инсан қадири ҳәм мәплери ушын» деген жақсы идея тийкарында демократия ҳам әдиллик принциплерин беккемлеўге қаратылған туп реформалар жолында баратырғанын мәмлекетимиз басшысы айтып өтти.

Мәмлекетимизде сонғы алты жылда жалпи ишки оным көлми бир ярым мәртеден артық кобейген, буннан мақсет – 2030-жылга шекем бул көрсеткишти және 2 есеге асырыў ҳәм жақын арада Дунья саўда шөлкемииниң толық ағзасы болыў.

Мәмлекетимизде халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған сиясат нәтийжесинде 2017-жылдан берли камбағаллық еки есеге кемейген ҳәм бул көрсеткиш 2030 жылға шекем 7 пайызға түсириў режелестирилген.

Биз Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң Бас хаткери  тәрепинен илгери сүрилген “Ис орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў глобал   акселераторы” барасындағы басламаны қоллап қуўатлаймыз. Усы баслама шеңберинде тәжирийбе алмасыў ушын 2024-жылы Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң шафелигинде “Социаллық қорғаў: турақлы раўажланыўға қарата жол” пүткил жәҳән конференциясын журтымызда өткериўди усыныс етемен, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик суды судьясы                                         Г.Ж.Байназарова

 

Skip to content