Ѳзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша реформалар

Ѳзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға әмел етиўин тәмийнлеў мәселелери мәмлекет сиясатының ең тийкарғы жѳнелислериниң бири болып есапланады. Мәмлекетемизде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийнлеў мәселеси халқымыз ушын пәраўан ҳәм мүнәсип турмыс шәраятын жаратып бериўге қаратылған кең кѳлемли демократиялық реформалардың дерегидир. Ѳзбекстан Республикасының Конституциясында инсанның жеке ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепиллиги жетекши халық аралық стандартларға муўапық күшейтирилди. Атап айтқанда, шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық услап турыў мүмкин емеслиги, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы, айыпланыўшы яки судланыўшылардың «үнсизлик» ҳуқықы беккемленди. «Инсан қәдири ушын» принципи Конституцияда, нызамларда ҳәм мәмлекетлик мекемелер искерлигинде тийкарғы мақсет болыўы шәртлиги белгилеп қойылды. Суд ҳәкимияты ҳәм әдиллик принциплариниң дәлили сыпатында 2017-2022 жылларда судлар тәрепинен ақланған шахслардың жәми саны 4712 қурайды. Усы орында айтып ѳтиў керек, әмелге асырылған реформалар себепли ѲѲ ѲѲзбекстанда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийнлеў мәселелери тек ғана мәмлекет емес, бәлким халық аралық шѳлкемлердиң бақлаўында. Пуқаралық жәмийет институтлары әмелдеги нызамшылық шеңберинде оны жетилистириўде, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының ҳуқықлары жәмийетшилик мониториңди алып барыўда, сондай-ақ инсан ҳуқықлары тараўында халық аралық миннетлемелерди орынлаў бойынша бир қанша ислерди әмелге асырмақта. Усы жылдың апрель айында Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге шаңарақтағы басым ҳәм зорлықларды жынаят деп есаплаўшы ҳәмде ҳаяллар ҳәм балаларды қосымша қорғаў механизмлери менен тәмийнленетуғын ѳзгерислер киритилди. «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасын жәнеде жетилистирилиўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасының 829-санлы Нызамы менен шаңарақтағы басым ҳәм зорлықлар жынаый ҳуқықбузарлықлар қатарына ѳткизилди, экономикалық ҳәм психалогиялық  зорлықлар, сондай-ақ, ер жетпегенлерге қарата зорлықлар ушын жаза күшейтирилди. Соңғы жылларда Ѳзбекстан Республиксында социаллық, сиясый ҳәм экономикалық турмысының барлық тараўларында унамлы реформалар әмелге асырылып атырғаны, усы ѳзгерислер орайында инсанның тийкарғы ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийнлеў мәселеси турғаны халық аралық жәмийет тәрепинен айтылып ѳтилмекте. Ең әҳмийетлиси халық аралық жәмийет тәрепинен мәмлекетимизде гендер тнлигине ерисиў, пуқаралығы болмаған шахслар санын кемейтиў, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке шек қойыў, сѳз еркинлигин тәмийнлеўде үлкен жетискенликлерге ерискенлиги жоқары баҳаланбақта.     Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы                                                     А.Г.Салиев

Skip to content