Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды имаратында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети студент жаслары менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда жаслардың ҳуқықый мәдениятын жетилистириӯ, олардың санасына әдиллик ҳәм нызам үстинлиги идеяларын сиңдириӯ бағдарында түсиниклер берип өтилди.
Студент жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, толық жуўаплар алды.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы
Сейтанов Азат Исмайлович




