Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен екинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияныӊ күн тәртибинде төрт мәселе көрилип, сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Биринши мәселе Нөкис районында жерге болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлери толық болмаған, ҳүжжеттеги ҳәм әмелдеги майданы бир-биринен парық қылатуғын, турақлы пайдаланыў ушын ажыратылған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыў жағдайын үйрениў нәтийжелери бойынша Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты О.Даўлетбаев ҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелри бойынша орынбасары А.Заматдиновлар ҳаққында кеӊ түрде мағлыўмат берди.
Екинши мәселе Нөкис районында жумыссызлықтың алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша секторларда шөлкемлестирилетуғын ис-илажлары ҳаққында Нөкис районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы Ш.Машариповтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Үшинши мәселе Нөкис районында “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша индивидуал бағдарлама ҳәм әмелге асырылыўы тийис болған жумыслары бойынша “Жол карта”сын ҳәм де “Ҳаяллар дәптери”ниң бесинши басқышын қәлиплестириў бойынша ҳаял-қызлардың дизимин тастыйықлаў ҳаққында Район ҳәкимлигиниң шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бас қәнигеси З.Дошанованыӊ есабаты тыӊланды.
Төртинши мәселе Нөкис районы қосымша қаржы дереклери есабынан жумсалатуғын қаржылар ҳаққында Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы М.Қойшыбаевтыӊ есабаты тыӊланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.




