Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы ПФ-37-сан “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылын”да әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик дәстүри туўрысында”ģы Пәрманында белгиленген ўазыйпалар, әдиллик министриниң 2024-жыл 27-февральдағы 78-ум-сан буйрығы менен тастыйықланған Әдиллик министрлиги тәрепинен 2024-жыл даўамында жаслар менен мәнзилли ислеў бойынша комплекс илажлар календар режесиниң 8 ҳәм 14-бәнтлери оынлаў мақсетинде усы жылдың 15-июль күни Нөкис районы аймаģында жайласқан мәҳәллелерде жасайтуģын 14 жасқа толģан ҳәмде 30 жастан аспаģан жаслар ортасында “Зийрек кытапқумар” танлаўының район басқышы өткерилди. Танлаў нәтийжесине көре 1-орынды район “Бақаншақлы” АПЖда жасаўшы жас кытапқумар Елдашева Айгерим Тенгелбайевна ийеледи, 2-орынды “Ақманģыт” ППЖ аймаģында жасаўшы жас кытапқумар Даўлетмуратов Тимур Даўлетмуратович ҳәмде 3-орынды “Кердер” АПЖда жасаўшы жас кытапқумар Идирисов Ималатдин Ерган улы ийеледи.
Нөкис районында “Зийрек китапқумар” танлаўының район басқышы өткерилди
