2024-жыл 11-июль күни Нөкис районы «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны «Бес саға» аўылы кирер көшесине КарПресса телеграм тармағы арқалы сын мақала жәрияланды.
Бул бойынша Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен исши топар дүзилип, үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер нәтийжесинде төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.
Мүрәжатта орайлық базарға маршрут қойып берилиўы соралған, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигине жеңил машина қойып бериўин сорап хат шығарылды ҳәм ендиги өткерилетуғын тендер арқалы қойып берилиўин билдирди.
Соның менен бирге көшесине түнги жақтыландырыў ҳәм асфальтлап бериўди соралған, пуқараның бул мүрәжаты бойынша «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына «Ашық бюджет» ҳәм «Мениң жолым» парталы арқалы сол аймақтағы пуқаралардың аўызбиршилиги нәтийжесинде даўыс жыйнап утып алыўды усыныс етилди.