Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги сексен сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2024-жыл июнь айы даўамында райондағы ҳәким жәрдемшилериниң жумысын үйрениў нәтийжелери ҳаққында Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановтыӊ есабатлеры тыӊланды.
Екинши мәселе Нөкис районы сектор баслықлары тәрепинен аймақты комплекс социал-економикалық раўажландырыў тараўында 2024-жыл январь – июнь айлары даўамында алып барылып атырған ҳаққында 4 сектор басшыларының жумыслары бойынша есабаты тыӊланды.
Үшинши мәселе Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис районы бөлими тәрепинен 2024-жыл январь-июнь даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Н.Қанназаровтың мәлимлемеси тыӊланды.
Төртинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылы 1-июнь күнги “Пиллешилик тараўында тоқымашылықты қоллап-қуўатлаў ҳәмде пилле жетистириў ушын азықлық базасын жәнеде кеңейтириўдиң косымша ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПФ-85-санлы пәрманының Нөкис районы аймағында орынланыўы ҳаққында Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы Ж.Жумановтың мәлимлемеси тыӊланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.