2-сектор аймағында көшпели қабыллаў өткерилди

Бүгин, Нөкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында 2-сектор басшысы, район прокуроры П.Халмуратов ҳәм Халық қабыллаўханасы тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў жәнеде унамлы шешиў мақсетинде нәўбеттеги көшпели қабыллаў өткерди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер көрсетиў, банк кредитлери, жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, мәҳәллелердеги жол, ишимлик суў, газ мәселелери бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Усы билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар сектор басшысы жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, аўыл турғыналына алысын жақын қылыў мақсетинде тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилди ҳәм арзанластырылған азық-аўқат саўда ярмаркасы да шөлкемлестирилди.

Skip to content