Ѳзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы 2019-жыл
02-сентябрде қабыл етилген ҳәм жети бап 32 статьядан ибарат.
Бул Нызамның мақсети ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийнлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Нызамда тийкарғы түсиниклер ѳз кѳринисин тапқан. Олар тѳмендегише:
- Гендер сиясатын әмелге асырылыўын тәмийнлеўге байланыслы ўақтыншалық арнаўлы шаралар – бул жыныслардың теңсизлигин алдын алыў, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиң ҳақыйқый яки тийкар болатуғын теңлигин тәмийнлеў бойынша анық мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетлик органлары тәрепинен кѳрилетуғын ҳуқықы, шѳлкемлестириўшилик ҳәмде институтлық қәсийетке ийе ис-илажлар болып табылады;
- Гендер – ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ортасындағы қатнасықлардң жәмийетлик ѳмири ҳәм искерликтиң барлық тараўларында, сол қатары сиясат, экономика, ҳуқық, мәденият, билим ҳәм илим-пән тараўларындағы социаллық тәрепи;
- Гендер статистикасы – мәмлекет статистикасының жәмийетлик ѳмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларында ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиң жағдайы ҳаққында ҳәр бир жыныс бойынша айрықша кѳрсетилген мағлыўматларды ѳз ишине алған, ҳәр қыйлы жыныстағы шахслардың социал-сыясий ѳмириниң барлық тараўларындағы тийисли жағдайын кѳрсететуғын, гендер машқалаларын ҳәм жәмийеттеги қатнасықларды жарататуғын бѳлеги;
- Гендер-ҳуқықый экспертиза – норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәмде олардың жойбарларын ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлерин тәмийнлеў принциплерине муўапықлығы жүзесинен анализлеў:
- Гендерге тийкар аудит – мәмлекетлик органлар ҳәм шѳлкемлери искерлигинде, сол қатары кадрлар сиясатын алып барыўда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етиў жағдайын, сондай-ақ гендерге тийкар комплекс үйрениў ҳәм баҳалаў ҳәм тағы басқа түсиниклерди ѳз ишине қамрап алған.
Бәршемизге белгили, ҳәр бир тараўды раўажландирыўда нызамшылықка тийкарланады, ал ҳәр бир Нызам ѳз принциплерине ийе. Сол қатары, Ѳзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамының ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқықлығы, нызамлылық, ҳәм демократизм принциплерине ийе.
Ҳәзирги күнде мәмлекетлик органлар ѳз ўәкиллиги щеңберинде, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийнлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша ис-илжалар, мәмлекетлик дәстүрлер, миллий ҳәрекетлер режелерин ҳәм стратегияларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда, физикалық ҳәм юрикалық шахслардың ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлардың бузылыўына қарата мүрәжатлерди кѳрип шығыў, мәмлекетлик органларда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийнлеў мәселелери бойынша ўәкилликли лаўазымлы шахс яғный ўәкилликли шахстың миннетлемелерин орынлаў мәмлекетлик органы баслығының орынбасарлырынан бириниң ўазыйпасына жүклетиў ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң, сондай-ақ басқа орган ҳәм институтлардың ўакиллери қатнасыўында мәсләҳә-кеңес органларын дүзиў жумысларын алып бармақта.
Жоқарыдағылардын келип шығып, бул Нызам тийкарында ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имканиятларды тәмийнлеўде кең кѳлемли жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде бир қанша унамлы нәтийжелерге, жедделлесиўине ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўына жәрдем береди.
Нѳкис районлараралық судының
судьясы К.Р.Бабаназаров.