Бүгин Нөкис районы 15-санлы Балалар ҳәм көркем-өнер мектебинде Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы ушын жәрияланған таңлаўдың районлық басқышы өткерилди.
Таңлаўды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Уббиева ашып берди.
Илажға 14-30 жасқа шекем болған соңғы 3 жыл (2022-2024 жыллар) даўамында билимлендириў, пән, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, хабар технологиялары ҳәм жәмәәтшилик жөнелислеринде жетискенликлерге ерисип киятырған, республика ҳәм халық аралық көлемде салмақлы жетискенликлерге ийе болған талантлы ҳәм қәбилетли белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз қызларымыз Республикалық басқышқа жоллама алды.