Байрам қутлықлаўы

Ҳүрметли Ишки ислер тараўы хызметкерлери!

Еӊ дәслеп, сизлерди 25-октябрь – Өзбекстан Республикасы ишки ислер органлары хызметкерлери күни менен Нөкис районы ҳәкимлиги атынан қутлықлаймыз.

Өз өмирин пуқараларымыздыӊ тынышлығы, ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, жәмийетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўдей мақтанышлы ҳәм машақатлы хызметке бағышлап киятырған тараў пидайылары тәрепинен Жаӊа Өзбекстанда «Инсан қәдири ушын» деген принцип тийкарында алып барылып атырған реформаларымызды турмысқа табыслы әмелге асырыўда ишки ислер системасы хызметкерлериниӊ мийнетлери салмақлы.

Бүгинги байрам қарсаӊында, Сизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыӊыз бенен қутлықлаған ҳалда, ҳәммеӊизге беккем денсаўлық, шаӊарағыӊызға берекет, жуўапкершиликли ҳәм машақатлы жумысларыӊызда үлкен табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов

Skip to content