Бүгин Нөкис районы ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетинши шақырық екинши сессиясы болып өтти. Сессияға депутатлар, сектор басшылары, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты. Күн тәртибинде төрт мәселе көрип шығылды. Биринши мәселе ϴзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Жергеликли ҳәкимият ҳаққындағы Нызамының 163-статясына муўапық ҳәм 2024-жыл 28-ноябрь күнги сиясий партия топарларының қоспа мәжилисиндеги усынысына тийкарланып, 14-«Тарлы» сайлаў округинен сайланған депутат Зайтов Зияўатдин Имаматдинович Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы лаўазымына тастыйықланды. Екинши мәселе Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси секретариаты баслығы лаўазымына 2-«Жийдели» сайлау округинен депутат Сейтназаров Нуратдин Пирниязович тастыйықланды. Үшинши мәселе Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларын дүзиў ҳаққында мәселе көрип шығылды. Төртинши мәселе Нөкис районы Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулманов есабаты тыңланды. Сессияда қаралған мәселелер депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң жетинши шақырық екинши сессиясы болып өтти
