Нөкис районы Әдиллик бөлими тәрепинен “ Әдиллик сейили ” өткерилди

Бүгин, Нөкис районы жасларына мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, қабыл қылынып атырған нызамшылық ҳүжжетлери мазмун-мәнисин жеткериў мақсетинде Нөкис районы әдиллик бөлими тәрепинен “Әдиллик сейили” ҳуқықый акциясы шөлкемлестирилди. Акция шеңберинде мийнет ярмаркасы, көшпели қабыллаўлар, халықтың ҳуқықый мәселелери шешимлерине тийисли таярланған флайер, инфографикалар ҳәм буклетлар тарқатылды. Бунда районлық айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен өртке қарсы гүресиў қураллары бойынша көргизбелер ҳәмде мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен жасларға ҳуқықый түсиндириўлер берилди. Соның менен бирге илажда, “Әдилликтен жасларға 100 мәслаҳәт”, “Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў” стилистик қөлланбаларын кең тарқатылды. Буннан тысқары, “Мәмлекет келешеги-нызамға тыңлағыш ҳәм ҳуқықбузарлиққа тақатсыз жаслар менен” идеясы тийкарында жаслар арасында викторина ойынлары ҳәм спорт илажлары өткерилип жеңимпазларына диплом ҳәм естелик сыйлықлары тапсырилди. Илажда мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Skip to content