Нөкис районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен райондағы ҳаял-қызлардың жетискенликлери ҳәм белсендилигин көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызлардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға тийисли қосымша ис-илажлар хаққында»ғы ПҚ-122-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районы «Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында «Ҳаяллар бизнесин қоллап-қуўатлаў» темасында медиа-тур шеңберинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда район ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Уббиева, саўда санаат палатасы районлық бөлими қәнигеси М.Дарменов, АК халық банк қәнигеси ҳәм райондағы бир қатар исбилермен ҳаяллар-қызлар қатнасты.
Бунда ҳаялларды исбилерменликке қызықтырыў ҳәм олар арасында киши бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар пикир ҳәм усыныслар тыңланды.