Нөкис районы ҳәкимлигинде Әдиллик бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген ҳәкимият аппарат хызметкерлери ҳәм райондағы мәкемелердиң жуўаплы хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тапсырмасына тийкарланып Нөкис районы ҳәкимлигиниң басшы хызметкерлери ҳәм қәнигелериниң жумыс алып барыў маманлығы ҳәм кәсиплик дәрежесин арттырыў мақсетинде нызам ҳүжжетлериниң жүритилиўи ҳәм жуўапкерлигин беккемлеў бойынша оқыў-семинары ɵткерилди.
Онда, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2024-жылы “ijro.gov.uz” системасында қадағалаў тапсырмалары орынланыўының нәтийжелилиги, анықланған кемшиликлер ҳәм машқалалар, сондай-ақ, бул бағдардағы жумысларды арттырыў илажлары бойынша район ҳәкимлиги структуралық бөлимлериниң келешекте орынлаў тәртибин беккемлеў бойынша жеке жуўапкершилиги ҳаққында тийисли тараў басшылары тәрепинен түсиниклер берилди.