«Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы

Бүгин, Нөкис районы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының тергеў судьясы Г.Утепбергенова ҳәм Жаслар ислери агентлиги Нөкис районы бөлими баслығы А.Моятдинов қатнасында «Суд ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Илаж барысында, суд хызметкерлери өзлериниң күнделикли жумыслары, суд процесслерин қалай шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиплери, улыўма тараўдағы жаңалықлар, өзгерислер ҳаққында айтып өтти. Буннан тысқары, жаслардың мәнәўиятын жетилистириў, олардың арасында китап оқыў мәдениятын еледе кең ен жайдырыў бағдарында исленип атырған жумыслар бойынша да кең мағлыўмат берилди. Итибарлысы, жасларда тараўға байланыслы нызамшылық бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оған тийисли жуўаплар алды. Ушырасыў мазмунлы ҳәм ашық саўбетлесиў тийкарында шөлкемлестирилгенлиги менен де оқыўшыларда айрықша тәсирлер қалдырды.

Skip to content