ТЕРГЕЎ СУДЬЯСЫ ҲӘМ ОНЫҢ ЎӘКИЛЛИКЛЕРИ

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының қорғалыўы “Инсан қәдир-қымбаты ушын” тийкарында жаңа басқышқа көтериў, суд ҳәм ҳуқық қорғаў органлары жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң қорғалыўының кепилликлерин күшейтиў, сондай-ақ олардың ҳуқық қорғаў уйымларына болған исенимин беккемлеўге қаратылған кең көлемли ислер алып барылмақта. Суд-тергеў әмелияты инсан ҳуқық ҳәм еркинлигин қорғаўдың кепилликлерин тәмийинлеў бойынша нәтийжели механизмлер толық иске қосылды. Және жынаят ислегенликте айыпланған шахстың еркинлик ҳәм жеке өзиниң конституциялық ҳуқықларын суд арқалы исенимли тәмийинлеў илажларын күшейтиў зәрүрлиги туўылды. “Өзбекстан–2030” стратегиясында белгиленген жөнелислерден келип шығып “Оператив-қыдырыў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманына тийкарланып 2025-жылдың 1-январынан баслап, жынаят ислери бойынша район, қала судларында ис басланды. Пәрманға байланыслы тергеў судьясына төмендеги ўәкилликлер берилмекте. 1. Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық туўралы ислерди көрип шығыў, бунда тергеў судьясы тәрепинен ҳәкимшилик туўралы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги әмелдеги Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 245-статьясында көрсетилген статьялар ҳәм жағдайлардан келип шыққан ҳалда нәзерде тутылмақта. 2. Жынайы иске тийисли материаллар бойынша санкцияларды көрип шығыў – бунда тергеў судьясы тәрепинен қамаққа алыў ямаса үй қамағы сыяқлы шараны қоллаў менен байланыслы өтиниш хат, қамақта сақлаў яки үй қамағы мүддетин созыў мәселелери менен байланыслы өтинишнама; паспорттың (ҳәрекеттеги ҳүжжеттиң) әмел етиўин тоқтатып турыў ҳаққындағы өтинишнама; өлини эксгумация етиў ҳаққында өтинишнама; почта телеграф жөнетпелерин хатлаў туўралы өтинишнама; тинтиў өткериў ҳаққындағы өтиниш хат; телефонлар ҳәм басқа телекоммуникация қурылмалары арқалы алып барылатуғын сөйлесиўлерди еситип турыў, олар арқалы берилген хабарды алыў туўралы өтинишнама; мал-мүлкти хатлаў ҳаққындағы өтиниш хатлардың көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта. 3. Жынайы иске байланыслы материаллар бойынша мәжбүрлеў шараларын қоллаў-бунда тергеў судьясы тәрепинен айыпланыўшыны лаўазымынан шетлетиў туўралы өтинишнама; шахсты емлеў орнына жайластырыў ҳаққындағы өтинишнама; айыпланыўшының емлеў орнында болыў мүддетин созыў туўралы өтинишнамасы; иркип турыў мүддетин қырқсегиз саатқа шекем узайтыў туўралы өтинишнаманы көрип шығыўы нәзерде тутылмақта. 4. Жынайы иске тийисли материаллар бойынша прокурордың гүўә менен жәбирлениўшиниң (пуқаралық даўагердиң) көрсетпелерин алдынан беккемлеў туўралы өтиниш хатларды көрип шығыў, бунда тергеў судьясы тәрепинен гүўә менен жәбирлениўшиниң объектив себеплерге көре (Өзбекстан Республикасынан шетке шығып кетиўи, оларда жынаят исин жүргизиўде қатнасыўын бийкар ететуғын аўыр ҳәм даўамлы кеселлик барлығы) исти судқа шекем яки суд процесинде кейин сораў етиў мүмкин болмай қалады деген болжаў етиў ушын тийкарлар бар болған жағдайларда, олардың көрсетпелериниң алдын ала беккемлеп қойылыўы мүмкинлиги нәзерде тутылмақта. Пәрманда тергеў судьясы өз жумысын еркин әмелге асырыўы, тек нызамға бойсыныўы ҳәм де тергеў судьясы әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай ўазыйпалардың мойнына жүклетилиўине жол қойылмаслығы, тергеў судьясының шөлкемлестириў жумысларына басшылық етиў, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары, Өзбекстан Республикасы Әскерий суды баслықлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленбекте. Сондай-ақ, усы Пәрманда жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүритиў ўақтында тергеў судьясы тәрепинен процессуаль қарарларға берилген санкциялар тек апелляция инстанциясында жеке тәртипте қайта көрип шығылыў тәртибинде де белгилеў көзде тутылмақта. Жуўмақластырып айтқанда, суд-ҳуқық уйымындағы бул өзгерислер пуқаралардың ҳуқықын, еркинлигин қорғаўда, мәселен бир судья тәрепинен қамаққа алыў яки алмаў сол судьяның өзи тәрепинен көрип шығылыўын бийкар етиўге, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм судлар тәрепинен истеги барлық жағдайларды жуўапкершилик пенен толық, ҳәр тәреплеме қалыс көрип шығыўға тийкарланып, дәлиллерге дурыс баҳа бериўге, ҳәр жақлама әдалатлы қарар қабыл етилиўи ушын кең мүмкиншиликлер жаратады, және жақыннан жәрдем береди. Азат Сейтанов, Елликқала районы судының тергеў судьясы.

Skip to content