Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында «Жаңа Өзбекстанда инсанның ҳуқық ҳәм еринликлери және нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлери» темасында семинар болып өтти.
Семинарға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили (омбудсман) Ж.Шлымбетов, Социаллық қорғаў миллий агентилигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жуўапкер хызметкери Н.Ганиев, Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети хызметкери М.Турдымуратова, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Қ.Камалов ҳәм семинарды район ҳәкиминиң орынбасары Ө.Хасанов ашып алып барды.
Атап өтилгениндей, тийкарғы Нызамымыз саналған елимиз Конституциясында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары екени белгилеп қойылған. Әсиресе, ҳуқықый мәмлекет қурыў ҳәм демократиялық пукаралық жәмийетти қәлиплестириў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда ҳуқықый тийкарлар ҳәр жыл сайын Нызам ҳәм басқада ҳуқықый ҳүжжетлер менен беккемленип бармақта.
Соны да атап өтиў керек, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири – бул инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў болып табылады. Солай екен, халқымыз турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлар елимиздиң ең жоқары байлығы болып қала береди.
Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық ҳуқықый нормалар ҳаққында түсиниклер берип, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери менен байланыслы мәселелерди үйрениў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпалары бойынша семинар қатнасыўшылары менен пикир алмасты.